(Photo by Dax Images/BSR Agency/Getty Images)

Футбол бойынша Гампер Кубоги шеңберинде «Барселона» 8-август, шийшемби күни «Тоттенхем»ге қарсы ойнады.

Ушырасыўдың 3-минутында есап ашылды. Каталониялы ҳүжимши Роберт Левандовски Рафиняның пасын голға айландырды. 24-минутта Скипп есапты теңлестирди. 36-минутта болса және сол Скипп гол урып «шпорлар»ды есапта алдыңға алып шықты.

Екинши бөлимде де голлар урылды. 81-минутта Ферран Торрес есапты тиклеген болса, төреши тәрепинен қосып берилген минутларда Ансу Фати ҳәм Абде өз атына гол жаздырып, «көк-анарреңлилер»диң жеңисине үлес қосты.

Солай етип, «Барселона» өз тарийхында 46-мәрте избе-из болса 11-мәрте Гампер Кубогине ийе болды. Каталониялылар соңғы мәрте 2012-жылы «Сампдория»ға имканиятты берип қойған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги