«CBS News» телеканалы Лонг-Айленд округи полиция хызметкерине сүйенип жазыўынша, бир жасар қызды апасы жәзийрама қуяш астында, машина ишинде қалдырған.

«Нәресте дүйшемби күни қызып турған машина ишинде сегиз саат қалып кеткеннен соң, қайтыс болды»,-делинеди хабарда.

Полиция мағлыўматына бола, 54 жасар апа 14 айлық қызды балалар бақшасына алып барыўды умытып, жумысқа кеткен, бала машинаның артқы орынлығында қалған. Ҳаял сегиз сааттан кейин бақшадан аламан, деп барғанда, оны машинада умытып қалдырғанын еслеген.

Оннан соң, нәресте Смиттаун медицина орайына алып барылған. Шыпакерлер қыз қайтыс болғанын тастыйықлаған.

Миллий қәўипсизлик кеңесиниң мағлыўматына бола, АҚШта ҳәр жылы, шама менен, 40 бала автомобильде қамалып, ыссы урыўы ақыбетинде қайтыс болады. Көбинесе, ата-ана ямаса баланы бағыўшы бала машинада екенин умытады.

ӨзА