Усы жылдың 24-28-июль күнлери аралығында Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 2023-2024-оқыў жылы ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткерилди.

Имтиханлардың әдалатлы ҳәм ашық-айдын өткерилиўин қадағалаў, сондай-ақ, имтихан процесслери менен жақыннан танысыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў басқармасы баслығы Р.Мәткаримов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри З.Алланазаров, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатлары имтихан өткерилген орынларда болды. Кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан процесслери кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен де бақлап барылды.











Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 3-ноябрьдеги «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында кадрларды таярлаў ҳәм илимий изертлеўлер системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2023-2024-оқыў жылында қабыллаў процесине киргизилген өзгерислер ҳаққында түсиниклер берди.

Сондай-ақ, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан барысында ҳәр бир абитуриент ҳәм оның ата-аналары ушын кең имканиятлар жаратылғанлығы атап өтилди.

                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги