Қырғызстан – Тәжикстан шегара участкаларынан биринде шегаралас аймақлардағы халық арасында тартыслы жағдай келип шыққан. Бул ҳаққында Қырғыз Республикасы Миллий қәўипсизлик мәмлекетлик комитети (ГКНБ) шегара хызмети хабар берген.

Ўақыя орнына Қырғызстан Ишки ислер министрлиги аймақлық бөлиминиң хызметкери жетип, аймаққа киретуғын жерде оған Тәжикстан пуқаралары, Хўжаи Аъло аўылының халқы ҳүжим еткен. Атап өтилиўинше, кескинлик күшейип кетпеўи ушын жуўапкерлер арасында өз-ара сөйлесиў алып барылмақта.

Қырғызстан Шегара хызмети республика пуқараларын ҳаўлықпаўға, мәмлекетлик уйымлардың көрсетпесине әмел етиўге шақырған.

Тәжикстан Миллий қәўипсизлик мәмлекетлик комитети, өз гезегинде, шегаралық тартыста төрт тәжикстанлы жараланғаны ҳаққында хабар берди. Ҳәзир жағдай турақласты, тәреплер жағдайды үйренбекте, деди жуўапкер хызметкер.

ӨзА