Июнь айында Антарктидадағы муз көлеми рекорд дәрежеде азайды. Бул ҳаққында Пүткил жер жүзилик метеорология шөлкеми сайтында хабар берилди.
Июнь айы рәсмий болмаған түрде планетадағы ең ыссы ай деп тән алынған. Рекорд дәрежедеги қурғақлық ҳәм океан температурасы түрли экосистемалар ҳәм қоршаған орталыққа қәўипли тәсир көрсетиўи мүмкин, деп айтып өтти шөлкем ўәкили.
Антарктидадағы муздың кескин азайыўы дүнья бойлап теңиз қәддиниң көтерилиўине үлкен тәсир көрсетеди.
Муз көлеми жасалма жолдас арқалы бақлаў дәўири басынан берли орташа көрсеткиштен 17 процентке ямаса шама менен 2,2 миллион квадрат километрге азайған. Шөлкем муздың ериўи бойынша алдынғы рекордқа 2022-жылда белгиленгенин айтып өтти.
Өткен жылға салыстырғанда Антарктидадағы муз муғдары 1,2 миллион квадрат километрге азайды.
Гулқумар Жақсылыкова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги