Нөкисте Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бɵлиминиӊ кеӊейтилген мәжилиси болып өтти.
Оныӊ күн тәртибинде спортшылардыӊ допингти пайдаланыўыныӊ кери тәсири ҳаққында кең түрде түсиник бериў, олардың жазғы дем алыс ўақытларын кеўилли өткериў, Қарақалпақстан Республикасы ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында сайланды командасының, жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында аға тренерлерди тайынлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Мәжилисти Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бɵлиминиӊ атқарыўшы директоры С.Жусипбеков басқарып барды.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша Республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниӊ шыпакери Д.Еримбетова шығып сөйлеп, допинг сөзиниӊ тарийхы, келип шығыў себеплери ҳәм оныӊ аянышлы ақыбетлери туўралы кеӊ түрде түсиник берди.
Атап өтилгениндей, 1960-жыллары допинг раўажланып, сол жылы велоспорт түринен өткерилген жарыста допинг дозасыныӊ көбейип кетиўи ақыбети еки спортшының набыт болыўына алып келди. Том Симпсон деген спортшы 1956-жылы велоспорт бойынша Олимпияда ойынларында қола медалын жеӊип алған болса, 1965- жылы жәҳән чемпионы болды. Деген менен 1967-жылы өткерилген жарыста допинг дозасының көбейип кетиўи усы спортшының набыт болыўына алып келеди. Анығырақ айтқанда, допинг бул булшық етлерди күшейттириў болып, оны қабыл қылған спортшылар болатуғын өзгерислер турмыслық мысаллар менен айтып өтилди.
Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жеке спорт шеберлиги мектебиниӊ шыпакери Б.Пазылбекова спортшылардыӊ аўқатланыў режимине тоқтап өтти. Витаминзация бойынша спортшылар ҳәр күни белокқа ҳәм углеводқа бай аўқатларды пайдаланыўы кереклигин, аш болып турғанда шынығыў ислеў кеселликке, соныӊ ишинде, он еки бармақ ишеклерине жара түсиўине алып келетуғынын, энергетикалық ишимликлерди ишпеў, бул оларды тез шаршаўға алып келетуғынын атап өтти. Көбирек шынығыў ислеў жүрек соғыўыныӊ жийилесиўине алып келетуғынлығы, соныӊ ушын да спортшы жаслар тез-тез медициналық тексериўден өтип турыўы кереклиги бойынша түсиниклер берди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселелер бойынша атқарыўшы директор С.Жусипбеков балалардың ҳәм спортшылардың жазғы дем алыс ўақытларында ата-анасы ямаса тренерлериниӊ рухсатысыз шомылыўға ҳәм басқа да қадаған етилген орынларға бармаўы, дем алыс ўақытларын кеўилли өткериўи бойынша өз пикирин билдирди. Соның менен бирге, кураш бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар сайланды командасыныӊ аға тренери етип Қанат Зарипбаевты, жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында аға тренер етип Жамшид Турабаевты тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Бул усыныс қатнасыўшылар тәрепинен бир аўыздан қоллап-қуўатланды ҳәм жаңадан сайланған аға тренерлердиң алдағы жумысларына табыслар тиледи.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.