Шоманай районында 17 жасқа шекемги ул-қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша «Ишки ислер министри кубоги» жарысларының районлық басқышы өткерилди.

– Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бобожоновтың арнаўлы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жасларымыздың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта, -дейди районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы, подполковник У.Худайберганов. – Усы мақсетте шөлкемлестирилген жарыста районымыздың 13 мәҳәллесиндеги 17 жасқа толмаған ер ҳәм қыз балалардан ибарат 26 команда өз-ара күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында ер балалар арасында Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны командасы,  қыз балалар арасында Мамый аўыл пуқаралар жыйынының командасы биринши орынды ийелеп, кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Илаж соңында жеңимпазлар ҳәм белсенди қатнасыўшылар мүнәсип сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги