4-5-июль күнлери Төрткүл районындағы спорт мектебинде 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында спорттың волейбол түринен «Ишки ислер министри кубоги» жарысының Төрткүл районлық басқышы болып өтти.

Оған райондағы барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан командалар қатнасты.

Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, ерлер арасында 1-орынды Нурлы жол аўыл пуқаралар жыйыны командасы ийелеўге миясар болды. Ал, 2-3-орынлар болса, Мустақиллик ҳәм Тазабозяб мәкан пуқаралар жыйынынан келген жасларға несип етти.



Қызлар арасында өткерилген беллесиўлер жуўмағында болса, 1-орынды 30-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы ийелеўге еристи. Сыйлы 2-3-орынларды болса, Ақбашлы ҳәм Тазабозяб елатының қызлары ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы