Испаниялы қәниге Луис Энрике Францияның «ПСЖ» футбол клубының бас тренери етип тайынланды.
53 жасар Энрике Париж клубында Кристоф Гальтьениң орнын ийеледи. Тренердиң «ПСЖ» менен өз-ара шәртнамасы 2 жылға мөлшерленген.
«Жаңа тәжирийбе арттырыў ушын Парижге келгениме қуўанышлыман. Жаңа инсанлар менен танысыў, бул қалада жасаў, таза тил үйрениў ҳәм «ПСЖ»ны басқарыў мени жүдә қызықтырмақта», — дейди Энрике.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Луис Энрике буннан алдын «Рома», «Сельта» ҳәм «Барселона» клублары бас тренери сыпатында жумыс алып барған. Сондай-ақ, ол Испания сайланды командасын да басқарған.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы