Нөкис қаласындағы Туран стадионында оқ атыў бойынша U-21 ҳәм оннан жоқары жастағы ер балалар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан оқ атыў федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа қала ҳәм районлардан 30 жас қатнасты.

Ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, жарысты өткериўден тийкарғы мақсет,  республикамызда спорттың оқ атыў түрин буннан былай да раўажландырыў, жаслардың усы спорт түрине болған қызығыўшылығын еле де арттырыў, сайланды команда қурамын қәлиплестириў ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын жарысқа спортшыларды таңлап алыў болып табылады.

Еки күн даўам еткен жарыс жуўмағында пневматикалық мылтықтан оқ атыў бойынша ер балалар арасында Беруний районынан Әлишер Қадыров биринши, Нөкис қаласынан Дастан Жандуллаев екинши, Ринат Оралбаев  үшинши орынларды ийелеген болса, қызлар арасында биринши орын Беруний районынан Мафтуна Еримбетоваға, екинши орын Кегейли районынан Маншук Жолдасбаеваға, үшинши орын Нөкис қаласынан Гүлбаныў Салиеваға несип етти. Сондай-ақ, пистолеттен оқ атыў бойынша Беруний районынан Салоҳиддин Ғафуров жеңимпаз болды.

Жарыс жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Айнура ҚАНИЯЗОВА,

Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық оқыў спорт техника клубы баслығының орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги