22-24-июнь күнлери  Шыршық қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер арасында (U17) Орайлық Азия чемпионаты болып өтти.

Өзбекстан, Қырғызстан, Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Иран, Әзербайжан мәмлекетлеринен 100 ден аслам атлетлер қатнасқан бул жарыста қызлар -64, -71, +71 кг, ерлер -81, -89, +89 кг салмақ категорияларында өз-ара күш сынасты.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста ең аўыр салмақта қатнасқан Тақыятас районы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Батыр Парахатов штанганы тикке көтериўде 135, силкип көтериўде 175 кг салмақты көтерип гүмис медальды жеңип алыўға миясар болды. Чемпионатта бул салмақ категориясында иранлы Ҳамидреза Муҳаммадитанҳа алтын, қырғызстанлы Фаррух Шакиржонов қола медалы менен сыйлықланды.

Жеңимпаз спортшыны жарысқа устазы Бабур  Чашемов таярлады.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы