1894-жылдың 23-июнь күни барон Пьер де Кубертен тәрепинен Халықаралық Олимпиада комитетине тийкар салынған.

Бүгинги күни бул байрам пүткил дүньяда тынышлық ҳәм саламатлық елшиси сыпатында кең түрде белгиленбекте.

1948-жылы Халықаралық Олимпиада комитетиниң Санкт-Морице қаласында өткерилген 42-сессиясында 23-июнь-сәнесин Халықаралық Олимпиада күни сыпатында белгилеў бойынша қарар шығарылған. Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзиниң 203 мәмлекетинде Миллий Олимпиада комитетлери жумыс алып бармақта.

25-июнь күни Олимпиада күни мүнәсибети менен елимизде  «Янги нафас» (Жаңа нәпес) илажы болып өтеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы