Кеше Европаның бир қатар мәмлекетлеринде футбол бойынша  Евро—2024 турнириниң таңлап алыў басқышының 4-турынан орын алған бир қатар ойынлар өткерилди.

Криштиану Роналду жетекшилигиндеги Португалия  сайланды командасы бул турда Исландияға сапар еттти ҳәм ойынның 89-минутында Роналдуның голы есабынан минимал есапта жеңиске еристи.

Ал, Бельгия сайланды командасы болса, сапарда Эстонияны 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Ушырасыўда Лукаку дублге ерискен болса, Бакаёко 1 голға авторлық етти.

Роберт Левандовскидей күшли ҳүжимшиге ийе Польша болса, күтилмегенде Молдовадан 2:3 есабында утылып қалды.

Эрлинг Холанд дублге ерискен Норвегия ҳәм Кипр арасындағы ойында майдан ийелери 3:1 есабында жеңиске еристи.

Сондай-ақ, бул турда Босния ҳәм Герцеговина ҳәм Люксембург арасындағы ойында да күтилмеген жағдай жүз берип, онда мийманлар 0:2 есабында жеңиске ерисиўге миясар болды.

Ал, қалған ойынлар болса, төмендегише өз жуўмағына жетти.

Австрия – Швеция 2:0, Шотландия – Грузия 2:0, Венгрия – Литва 2:0, Болгария – Сербия 1:1, Лихтенштейн – Словакия 0:1


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы