Таиландта футбол бойынша жас өспиримлер арасында Азия кубоги жарысы болып өтпекте.
Онда Азияның 16 күшли командасы усы жылы гүзде Перуде өткерилетуғын жәҳән кубогине қатнасыў ҳуқықын бериўши 4 жоллама ушын өз-ара кескин гүрес жүргизбекте.
Жамал Рахматуллаев басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы кеше ҳиндстанлы футболшылар менен қыйын ойын өткерип, онда 1:0 есабында жеңиске еристи.
Ең қуўанышлы тәрепи сонда, бул ойында сайланды команда қурамында ойнап атырған жерлесимиз Муҳаммедали Реймов Ҳиндстан дәрўазасына шырайлы гол жоллап, өз командасына 3 упай алып берди.
Буннан алдынғы турда Япония менен 1:1 есабында ойнаған Өзбекстан сайланды командасы өз топарында 4 упай топлап, урылған голлар есабы бойынша ҳәзирше 2-орынды ийелеп тур.
Келеси турда өзбекстанлы футболшылар 2-турда Японияға 0:4 есабында жеңилип қалған вьетнамлы футболшылар менен өз-ара ойын өткереди.
Соны да айтып өтиўимиз керек, өз топарларында 1-2-орынларды ийелеген командалар шерек финал жолламасын қолға киргизеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы