Усы күнлери Қырғыз Республикасында спорт гүреслери бойынша 17 ҳәм 23 жасқа шекемги атлетлер арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.
Бүгинги күнге шекем U-17 категориясындағы грек-рим ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша барлық салмақта жеңимпаз спортшылар анықланды.
Бул еки бағдарда да Өзбекстан сайланды командасы 2 алтын, 4 гүмис ҳәм 5 қола медалларын қолға киргизиўге еристи. Қуўанышлы тәрепи сонда усы спортшылар арасында қарақалпақстанлы еки палўан Азия чемпионатының гүмис медалын жеңип алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, 53 кг салмақта Саҳыпжамал Есбосынова ҳәм 73 кг салмақта Аселай Амангелдиева финалға шекем жетип барыўға еристи ҳәм алтын медал ушын болған беллесиўде бираз әўметсизликке ушырап, 2-орын менен шеклениўге мәжбүр болды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы