Наманган ўәлаятының Заркент аўылында ересеклер ҳәм жаслар арасында қумлы жерде гүресиў бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Оған мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 600 ден аслам палўанлар қатнасты.
Кескин беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында, ҳаял-қызлар арасында Асал Жалғасбаева 70 кг салмақта 1-орынды ийелеген болса, 78 кг да Сабрина Узақбаева, +87 кг да Сәнеайым Еркинбаева 2-орынды, 57 кг да Дәмегүл Бектурсынова, 78 кг да Лариса Төрежанова, 87 кг да Камила Турымбетова, +87 кг да Қундыз Байманова, ерлер арасында Хусниддин Менгалиев 2-орынды, 73 кг да Меңлибек Юлдашев 3-орынларды ийелеўге миясар болды.
Ал, жаслар арасында болса, 70 кг салмақта Азада Медетбаева барлық қарсыласларын жеңип шығып, чемпионаттың алтын медалы ҳәм жоқары оқыў орнына имтихансыз кириў жолламасын қолға киргизди.
Сондай-ақ, бул жарыста 36 кг салмақта қатнасқан Перийзат Қутлымуратова ҳәм +70 кг да Нилуфар Бахтияровалар 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Республикамыз палўанларын бул жарысқа тренерлерден А.Холиков, Н.Данияров, Б.Жүсипбеков, Ж.Турабаев, С.Жүсипбеков, Қ.Боранбаев, Ш.Бийимбетовлар таярлады.
Чемпионат соңында жеңимпаз спортшылар арнаўлы диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы