Быйыл Евроаўқам мәмлекетлеринде қурғақшылық болыўы мүмкин. Аўқамға ағза мәмлекетлерди әдеттегиден басқаша жаз күтпекте, дейди қәнигелер.

Кризисти басқарыў бойынша ЕА комиссары Янез Ленарчичтиң атап өтиўинше, регионда быйылғы жыл бираз қурғақ келмекте. «Қурғақшылық күтилип атырған жәзийрама менен бирге тоғай өртлерине себепши болатуғыны сөзсиз»,-деп қосымша етти сиясатшы.

Ленарчичтиң мәлим етиўинше, Евроаўқам быйылғы жаз мәўсими алдында өзиниң өртке қарсы гүрес бойынша ҳаўа флотын әдеўир беккемлеген.

Тоғай өртлерин өшириўге тартылатуғын самолётлар ҳәм вертолётлар саны 13 ден 28 ге шекем көбейтилген. Ҳәзирги ўақытта Европа от өшириўшилери ықтыярында 10 Canadair самолётлары, 14 самолёт-амфибия ҳәм 4 вертолёт бар.

Техникалар Евроаўқамның 10 мәмлекетинде сақланады. Буннан тысқары, Греция, Португалия ҳәм Францияға алдыннан 400 өрт өшириўшилер жайластырылады.

ӨзА