Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 10-сентябрьдеги «Дийқан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Усы қарарға муўапық, фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған, елатлы пунктлерге жақын, суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден аўыллық жерлердеги жәрдемге мүтәж пуқараларға ашық электрон таңлаўлар арқалы 2023-жылда 6020 гектар жер майданын 30 жыл мүддетке ижараға бериў белгиленген.
Бүгинги күнде районлардағы 6149 лотта 6196 гектарлық жер майданының берилиўи жойбарластырылып, бул режеге салыстырғанда 168,2 гектарға артық.
Соннан, “E-AUKSION” электрон саўда платформасында 1289 лотта 1460 гектар жер майданлары ушын жақын күнлерде таңлаў ойынлары болып өтиўи белгиленген.
– Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 4614 лотта 4615,3 гектар жер майданын жеңип алған таңлаў жеңимпазлары анықланып, дийқан хожалықлары шөлкемлестирилди,-дейди «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты Қарақалпақстан Республикасы «ҚРжержойбар» бөлими, жойбар бас инженери Зарипбай Аллашов.
Соның ишинде, «Жаслар дәптери»ндеги пуқаралар 778 лотты, жәми 882 гектарлық жер майданларына ийе болды. Ал, «Ҳаял-қызлар дәптери»ндеги пуқаралар 156 лотты, жәми 185 гектарлық, «Темир дәптер»деги пуқаралар 5 лотты, жәми 5 гектарлық жер майданларын ийелеген. «Мигрантлар» 586 лоттағы жәми 594 гектарлық жер майданларының ийесине айланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги