Қ
арар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 10-сентябрьдеги «Дийқан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Усы қарарға муўапық, фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўында­ғы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған, елатлы пунктлерге жақын, суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден аўыллық жерлердеги жәрдемге мүтәж пуқараларға ашық электрон таңлаўлар арқалы 2023-жылда 6020 гектар жер майданын 30 жыл мүддетке ижараға бериў белгиленген.

Бүгинги күнде районлардағы 6149 лотта 6196 гектарлық жер майданының берилиўи жойбарластырылып, бул режеге салыстырғанда 168,2 гектарға артық.

Соннан, “E-AUKSION” электрон саўда платформасында 1289 лотта 1460 гектар жер майданлары ушын жақын күнлерде таңлаў ойынлары болып өтиўи белгиленген.

– Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 4614 лотта 4615,3 гектар жер майданын жеңип алған таңлаў жеңимпазлары анықланып, дийқан хожалықлары шөлкемлестирилди,-дейди «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты Қарақалпақстан Республикасы «ҚРжержойбар» бөлими, жойбар бас инженери Зарипбай Аллашов.

Соның ишинде, «Жаслар дәптери»ндеги пуқаралар 778 лотты, жәми 882 гектарлық жер майданларына ийе болды. Ал, «Ҳаял-қызлар дәптери»ндеги пуқаралар 156 лотты, жәми 185 гектарлық, «Темир дәптер»деги пуқаралар 5 лотты, жәми 5 гектарлық жер майданларын ийелеген. «Мигрантлар» 586 лоттағы жәми 594 гектарлық жер майданларының ийесине айланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги