АҚШ Президенти Жо Байден «Үлкен жетилик» саммитинде қатнасыў ушын сәршемби күни Хиросимаға барады, деп хабар берди Ақ үй баспасөз хызмети.

Уллы Британия, Германия, Италия, Канада, АҚШ, Франция ҳәм Япония басшыларынан тысқары Австралия, Бразилия, Вьетнам, Ҳиндстан, Индонезия, Кук атаўлары, Комор атаўлары аўқамы ҳәм Қубла Корея жетекшилери де саммитке мирәт етилген.

18-май күни Байден Япония Бас министри Фумио Кисида менен еки тәреплеме ушырасыў өткереди.

Саммит даўамында Украинадағы тартыс, Пекинниң Тайван қолтығы ҳәм Қубла Қытай теңизиндеги ҳәрекети тийкарғы тема болатуғыны айтылды.

Байден Япония ҳәм Қубла Корея жетекшилери менен үш тәреплеме сөйлесиўлер өткерип, экономикалық қәўипсизлик, әскерий шынығыўларды кеңейтиў ҳәм КХДРға байланыслы биргеликтеги сиясатты додалаўды режелестирмекте.

ӨзА