АҚШ Президенти сайлаўда ким жеңимпаз болыўына қарамастан Түркия менен бирге ислесиўге таяр, деп баянат берди Ақ үй ўәкили Жон Кирби.
«Бириншиден, Түркия халқын сайлаўда өз қәлеўин тыныш шараятта билдиргени менен қутлықлайман. Сайлаўда ким жеңимпаз болыўына қарамастан, Президент Байден бул мәмлекет пенен бирге ислесиўге таяр»,-деди АҚШ ўәкили.
Оның атап өтиўинше, сайлаў қандай жуўмақланатуғыны, ҳәзирше, белгисиз ҳәм «процесс даўам етпекте». «Әҳмийетли тәрепи, Түркия пуқаралары даўыс бермекте, оны ҳәмме көрип, еситип тур. Процесс еле даўам етеди, алдыннан бир зат айта алмаймыз»,-қосымша еткен Кирби.
Қарақалпақстан хабар агентлиги