Қазақстан нызамшылығында “инфлюенсер” түсиниги беккемленеди. Социаллық тармақларда реклама ислеген пуқаралар  салық төлеўи шәрт болады. Бул ҳаққында “Курсив медиа” хабар берди.

Қазақстан парламенти мәжилисинде депутатлар онлайн платформалар бойынша нызам жойбарын ислеп шығыўға киристи. Депутатлар блогерлерди салыққа тартыўды ҳуқықый тәртипке салыўға қарар етти. Атап айтқанда, нызам шығарыўшылар “инфлюенсерлер” түсинигин киргизиў нийетинде.

Бул социаллық тармақларға жайластырылған реклама ушын “конверт”те пул алатуғын блогерлердиң салық төлеўи ушын әмелге асырылмақта. Социаллық тармақларда үлкен аудиторияға ийе болған жеке пайдаланыўшылардың қаржы пирамидаларын шөлкемлестириўи, жалған қайырқомлық ислерин әмелге асырыўы фонында тараўды тәртипке салыў зәрүрлиги пайда болғаны айтып өтилди.

“Нызамшылыққа буның менен байланыслы көплеген жаңа атамалар киргизилмекте. Екинши бөлим онлайн платформалардыӊ исине тийисли. Бул жерде биз инфлюенсер түсинигин киргиземиз”, — деди депутат Айдос Сарым.

Сарым инфлюенсерлер салық төлеўи кереклигини түсиндирди. Буннан тысқары, блогерлер реклама қойыўмастан  алдын  оған реклама ушын пул алғанлығы ҳаққында белги қойыўы керек болады.

Соның менен бирге, Айдос Сарымның атап өтиўинше, бундай тәртипке салыў Қазақстанда “блогерликти өлтириў”ге қаратылған емес. Социаллық тармақлардың актив пайдаланыўшылары блогер ретинде ислеўде даўам етиўи мүмкин, соныӊ менен бирге,  олар салықларға әмел етиўи керек болады.

Ескертип өтемиз, Қазақстан ғалаба хабар қуралларына салыстырғанда реклама материалларын ПР белгиси менен белгилеў талабына алдыннан әмел етилип  келинген.

Май айыныӊ  басында парламенттиң жалпы мәжилисинде депутат Анас Баққожаев Қазақстан “өз сөзи ҳәм қылмысы ушын жуўапкер болмаған блогерлер ўатаны”на айланғанын айтты. Ол Бас прокуратураға тийисли сораў жиберип, блогерлерди “Ғалаба хабар қураллары ҳаққында”ғы нызамға муўапық жуўапкерликке тартыўды талап етти.

Баққожаевтың айтыўына қарағанда, Қазақстанда өзин блогер деп атайтуғынлар және социаллық тармақларда өтирик мағлыўматларды жәриялайтуғынлар  көп.

 

Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги