Мийдиң жумысын жақсылайтуғын ҳәм когнитив төменлеў қәўипиниң алдын алатуғын 3 ең жақсы өним белгили болды.

«Express»тиң жазыўынша, бул дизим Уллы Британияның жетекши диетологы Мэрилин Глэнвилл тәрепинен усыныс етилген.

Алып барылған изертлеўлер соны көрсетеди, альцгеймер кеселлиги менен наўқасланған адамларда саламат мий ушын зәрүр болған нейротрнасмиттер ацетилхолин жетиспеўшилиги анықланған. Бул болса мәйектиң сарыуўызында бар екен. Соның ушын ҳәр қыйлы мий кеселликлериниң раўажланыўына тосқынлық ететуғын мәйекти диетаға турақлы түрде киргизиў әҳмийетли.

Соя ҳәм ғозалар да мий ушын ең әҳмийетли ҳәм пайдалы азық-аўқат есапланады. Олар мийдиң жақсы ислеўине жәрдем береди.

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қаракалпақстан хабар агентлиги