Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги баспасөз хизметиниң  дәслепки мағлыўматларына бола, 2023 – жылдың январь-март айларында Өзбекстанда 27, 6 трлн сумлық қурылыс жумыслары орынланған. Бул 2022 – жылға  салыстырғанда 4, 5 % ке  артқанлығын көрсетеди. Соннан 3, 6 %  Қарақалпақстан Республикасының үлесине туўра келеди. Ал, басқа аймақлардың қурылыс жумысларының орынланыў көлеминдеги үлеси төмендегише;

— Әндижан ўәлаяты – 4, 4 %

— Бухара ўәлаяты – 6, 2 %

— Жиззақ ўәлаяты – 2, 4 %

— Қашқадәрья ўәлаяты – 6, 1%

— Наўайы ўәлаяты – 4, 3 %

— Наманган ўәлаяты – 4, 7%

— Самарқанд ўәлаяты – 6, 3 %

— Сурхандәрья ўәлаяты – 5, 3 %

— Сырдәрья ўәлаяты – 2, 3 %

— Ташкент ўәлаяты – 10, 6 %

— Ферғана ўәлаяты – 6, 2 %

— Хорезм ўәлаяты – 3, 2 %

— Ташкент қаласы – 24, 8 %

 

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қаракалпақстан хабар агентлиги