Жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алыў алыў мақсетинде Әмиўдәрья районында өткерилген марафонда 7 жастан 30 жасқа шекемги 273 қатнасыўшы 3 километр аралыққа жуўырыў бойынша беллести.
-Жуўырыў жарысларында қатнасыўшылардың 47 проценттен көбиреги ҳаял-қыз ҳәм 52 проценти ул балалардан ибарат болғаны елимизде қызларымыздың да саламат турмыс тәризине қызыға баслағанынан дәрек береди, -дейди Жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психолог Күмисай Бекманова. – Бүгинги күнде елимизде саламат турмыс тәризине айрықша итибар қаратылып атырған ўақытта бундай марафонлар үлкен әҳмийетке ийе. Биз жасларды усы спортқа қамтып алыў арқалы жынаятшылықтың алдын алыўға, жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға еристик, деп ойлайман.
Илаж соңында ул балалар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Рашид Искендеров ҳәм ҳаял-қызлар арасында Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң оқыўшысы Дилара Озодова жеңимпаз болды.
Финишке биринши жетип келген жеңимпазларға район ҳәкимлиги ҳәм ишки ислер бөлими тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги