Денсаўлығын жақсылаў ушын ҳаялларға темир, лецитин, клетчатка ҳәм йодқа бай азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, С ҳәм В витаминлерин пайдаланыў усыныс етиледи. Бул ҳаққында россиялы қәниге Маргарита Макуха мәлим етти.Сониң ишинде , ҳаялларға майсыз мал гөши, баўыр, какао, теңиз шөплери ҳәм гүнжини ишип-жеў мәсләҳәт етиледи. Себеби, бул өнимлердиң қурамында темир көп.
«Ҳаяллар тағамнамасы өзине тән өзгешеликлерге ийе. Сонлықтан олар белгили бир муғдардағы витамин ҳәм минералларди талап етеди. Темирге бай азық-аўқат өнимлерин жеў керек. Бул өнимлер анемияның раўажланыўына жол қоймайды ҳәм жүрек-қан тамыр системасының жумысын қоллап-қуўатлайды»,-дейди шыпакер-диетолог. Сондай-ақ, ҳаялларға май кислоталарына бай теңиз балықларын жеў усыныс етиледи. Олар гормонлардың нормаль синтезине жәрдем берип, тери менен шаштың саламат ҳәм гөззал болыўын тәмийинлейди. Ҳаял саламатлығы ушын және бир әҳмийетли элемент йод есапланады. Ол теңиз шөплери, шаян, кальмар ҳәм фейхоа қурамында бар. Бул өнимлер тек ғана организмдеги метобологиялық процесслерди жақсылап қоймастан, ал рак кеселлигине қарсы профилактикалық тәсир көрсетеди.
Сондай-ақ жынысый гормонлардың нормал ислеўи ушын ҳаяллардың аўқатлық рационында мәйек ҳәм өсимлик майы болыўы керек. Олардың қурамында лецитин бар. С ҳәм Е витаминлерин цитрус мийўелер, шпинат ҳәм гречихадан алыў мүмкин.
Болажақ аналардың аўқатлық затларында фолат кислотасы болыўы керек. Ол баўыр, шпинат, ғоза, фундук, майлы творогтың қурамында бар.
Фарида Муслатдинова,
КМУ дың интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги