Нөкисте GIZ шөлкеминиң «Өзбекстанда кәсиплик билим бериў системасын реформалаў ҳәм модернизациялаў процесин қоллап-қуўатлаў (TexVET)» жойбары тәрепинен мийнет ярмаркасы ҳәм социаллық шериклик форумы өткерилди.

Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) тәрепинен шөлкемлестириген илажда бир қатар жергиликли мәмлекетлик шөлкемлердиң баслықлары, Германия, Австрия ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген халықаралық қәнигелер қатнасты.

Илажда қәнигелердиң Орайлық Азия мәмлекетлеринде кәсиплик билимлендириў системасын жетилистириў мәселеси, экономикалық өсиўдиң әҳмийетли бөлеги болған кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў тенденциясы, Германия мысалында кәсиплик билимлендириў ҳәм кәсипке таярлаў тараўында шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўи сыяқлы мәселелер бойынша презентациялар өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлериниң ўәкиллери профессионал билимлендириў бағдарында қәнигелер арасында билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, кәсиплик билимлендириўди реформалаў бағдарындағы ишки қолланбалар менен таныстырды.

Илажда кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң бизнес секторы менен бирге ислесиўи, тараўды санластырыў имканияты ҳаққында да сөз болды.

-Бүгинги форум нәтийжели болады, деп ойлайман. Себеби, онда бирге ислесип атырған шериклеримиздиң барлығы қатнаспақта. Бул бағдарда Германия системасын көрип шығыў ҳәм оны басқышпа-басқыш Өзбекстан кәсиплик билимлендириўине енгизиў, бейимлестириў режелестирилген, -дейди Германияда кәсиплик билимлендириў ҳәм кәсипке таярлаў (TVET) тараўы қәнигеси Альберт Овер. – Германияда Саксон бизнес оқытыў орайы жумыс алып барып атырған болып, бүгинги күнде билимлендириў индустриясы ири кәрханалары оның жумысына қызығыўшылық билдирмекте. Себеби, кәсиплик билимлендириў тараўына инвестиция киргизген исбилерменлер арадан жыллар өтип пайда көретуғынлығын түсинип жетпекте.

«Өзбекстанда кәсиплик билим бериў системасын реформалаў ҳәм модернизациялаў процесин қоллап-қуўатлаў (TexVET)» жойбары шеңберинде ус жыл май айының басында GIZ шөлкеминиң ўәкиллери менен бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылған еди. Меморандумға бола, жасларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша биргеликте илимий изертлеўлер алып барыў, сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм оқыў илажларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған еди.

Өткерилген форум да усындай илажлардың бири болып, онда қатнасыўшылар социаллық шериклик тийкарында шөлкемлестирилетуғын дуал билимлендириў, Өзбекстанда социаллық шериклик тийкарында әмелге асырылып атырған кәсиплик билимлендириў ҳәм оқытыў бағдарламалары бойынша дәслепки үлгили басламалар, жергиликли диалог форматы менен танысты.

– Форумның тийкарғы мақсети – профессионал билимлендириў системасындағы шөлкемлер ҳәм өндирис кәрханалары менен дуал билимлендириў системасын енгизиўге қаратылған, -дейди Германия бирге ислесиў шөлкеми ағзасы Сардор Одинаев. – Ең алды менен, форумға сырт еллердиң қәнигелери тартылған болып, олар Германия мысалында профессионал билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша ҳәм олардың басып өткен жоллары, әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди. Олардың системасын Өзбекстан шараятына енгизиў бойынша ҳәрекетлер алып барылады. Сондай-ақ, бизлер системада бар машқалаларды сапластырыў, бүгинги күндеги бар қәнигеликлерди раўажландырыў ғана емес, ал, жаңа қәнигеликлер бойынша усынысларды ислеп шығыўды режелестиргенбиз.

GIZ шөлкеми дүньяның 130 дан аслам мәмлекетинде жумыс алып бармақта. 30 жылдан берли Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарында нәтийжели бирге ислесип келмекте. Шөлкем халықаралық билимлендириўди үгит-нәсиятлаўға, пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаўға жәрдемлеседи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги