Футбол бойынша Англия Премьер Лигасы 28-турынан орын алған ойында “Брайтон” 4-май, пийшемби күни “Манчестер Юнайтед”ти қабыл етти.

Биринши бөлимде гол урылмады. Екинши бөлимниң тийкарғы ўақтына қосып берилген тоғызыншы минутта Манчестер командасы дәрўазасына пеналти белгиленди. “Брайтон” футболшысы Алексис Мак Алистер 11 метрлик жәрийманы дурыс әмелге асырды ҳәм командасына 3 упай алып келди.

Усы ойыннан соң “Манчестер Юнайтед” 63 упай менен турнир кестесинде 4-орынды ийелеп турған болса, “Брайтон” 55 упай менен 6-орынға көтерилди.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги