Россия президенти баспасөз хаткери Песковтыӊ айтыўынша Киев ҳәм Вашинтонныӊ Кремльге ушыўшысыз самолёт арқалы шөлкемлестирилген ҳүжимге байланысы бар екенлигин «бийкарлаў»ға урыныўлары «мәниссизлик».
«Бундай ҳүжимлер бойынша қарар Киевте емес, Вашингтонда қабыл етилетуғынлығын жақсы билемиз. Көбинесе мақсетлерди Киев емес, Вашингтон белгилейди. Ҳәр сапары да Киевке қуралларды таӊлаў ҳуқықы берилмейди. Вашингтон биз буны билетуғынымызды анық түсиниўи керек» дейди ол.
Кремльге шөлкемлестирилген дрон ҳүжими артында АҚШ турғанына исене ме? деген сораўға Песков былай жуўап берди: «Әлбетте. Бундай қарарлардыӊ барлығы Вашингтоннан Киевке буйырылады».
Еслетип өтемиз, Кремль баспасөз хызмети 3-май күни кешки ўақытта Украина тәрепи Россия президенти резиденциясына дрон арқалы соққы бериўге урынғаны ҳаққында баянат берип, бул ҳәрекетти қасттан ислеў деп атаған еди.
Украина президенти баспасөз хаткери Сергей Никифоров Кремльге ҳүжимге Киевтиӊ байланысын бийкарлаған. оған бола, Украинаныӊ мақсети Москваны нышанға алыў емес, ал басып алынған аймақларды азат етиў.
«xabar.uz» сайтынан алып таярланған:
Уразбаева Гулхатиша,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги