Жәҳән банки келеси бес жыл ушын Mastercard компаниясыныӊ бурынғы бас директоры Ажай Бангани өзине президент етип сайлады, деп хабар берди усы қаржы шөлкеми.
“Жәҳән банки директорлар кеңеси Ажай Бангани кейинги бес жылға президент етип сайлады”,- деп банк баспасөз хызмети хабарламақта.
Хабарда айтылыўынша, Банганың кепиллик мүддети 2 июньнен басланады. Буннан алдын Ажай Банга Mastercard бас директоры ҳәм General Atlantic компаниясы баслығының биринши орынбасары болып ислеген.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги