Қырғызстан ҳүкимети жақын жылларда республика аймағында жүз мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде, деди бас министрдиӊ орынбасары  Едил Байсалов ҳүкимет мәжилисинде сөзге шығып.

“Ҳәзирше республика администрациясы жүз мыңлаған жаңа жумыс орынларын мәмлекет аймағында  жаратыў үстинде жедел ислемекте, жақын жылларда биз бәрибир жумысшы күшимизди сырт елге экспорт етиўге мәжбүр боламыз”,- деп келтиреди Байсаловтың сөзлерин Министрлер Кабинети баспасөз хызмети.

Бас министрдиӊ орынбасарының атап өтиўинише, бундай жағдайда ең әҳмийетлиси сырт елге жумыс ислеўге кетип атырған Қырғызстан пуқараларынныӊ кәсиплик маманлығын арттырыўға итибар қаратыў керек. “Мәселе сонда, биз адамларымызды жоқары мийнет ҳақы төленетуғын жумысларға жибериўимиз керек. Россия, Европа ҳәм Азияда биз ушын миллионлаған  вакансия ашық турыпты, бирақ биз усы дәрежеге мүнәсип болыўымыз керек. Ҳәзирде биз ушын әҳмийетли болған мәселе – пуқараларымызды шет тиллерге оқытыў, кәсиплик  маманлығын арттырыўдан ибарат”,- деген ол.

Қырғызстан мийнет, социаллық тәмийнат ҳәм миграция министрлигиниӊ  мағлыўматына бола, ҳәзирги күнде  республикадан 1,5 миллион пуқара сырт елде ислейди, бул сан жылдан-жылға арттырып атыр. Ҳүкиметтиң хабар бериўине қарағанда, сырт  мәмлекетлерде мийнет етип атырған қырғызстанлылардың шама менен 80 проценти Россияда ислемекте.

 

 

 Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги