Кейинги он жыллықта, яғный 2030 – жылға шекем рак аўырыўына қарсы шаншыў пайда болыўы мүмкин.
Бул ҳаққында Оксфорд университети илимпазы Жонатан Квок хабарлады. Оның сөзлерине бола, изертлеўдиң орта басқышында болған бир неше вариант әллеқашан бар.
«Ҳәзир вариантлар бар, онда кеминде 10 компания ҳәм түрли стратегияларға ийе болған академикалық бөлимлер қатнаспақта. Бул хәрекетлердиң ҳәр бириниң абзаллықлары неде, қайсы усыллар ең жақсы екенин тексеремиз», — дейди изертлеўши Испанияның Ел Мундо газетасына.
Сондай-ақ , Британиялы илимпаз өз вакциналары 2030 – жыл басланыўынан алдын пайда болыўы күтилип атырғанын айтып өтти.
«Рактан өлим 70-90 процент жағдайларда метастазлар себепли жүз береди. Биз вакцина жәрдеминде пайда болатуғын иммунитет системасының турақлы реакциясы арқалы олардың пайда болыўының алдын алыўды мөлшерлемектемиз», деген Жонатан Квок ҳәм тышқанларда өткерилген тестлер табыслы болғанын қосымша етти.«Биз адамлар менен де тап сондай нәтийжеге ериспекшимиз», — деп айтып өтди илимпаз.
Клиникалық сынақлардың биринши басқышы келеси айларда басланыўы күтилмекте.
Муслатдинова Фарида,
ҚМУ интернет журналистикасы бағдарының 4-курс студенти.
Қаракалпақстан хабар агентлиги