Жер шарында бүгинги күнге келип 8 миллиардтан аслам адам жасайды. Дүнья жүзинде ең көп қолланылатуғын тил , олардың саны қанша екенине қызығып көргенсиз бе ?
Инглиз тили бул рейтингте биринши орындатурады. Бул тилде 1, 5 миллиард адам сөйлеседи . Қытай тили екинши орында болып , 1, 2 миллиард адам сөйлесе,испан тили үшинши орында . Бул тилде -387 миллион адам сөйлеседи. Ҳинд тилинде- 295 миллион адам, араб тилинде- 280 миллион адам , португал тилинде-204 миллион адам, бенгал тилинде- 202 миллион адам, рус тилинде- 160 миллион адам , япон тилинде – 127 миллион болса ал, Панжаб тилинде болса – 96 миллион адам сөйлейди. Соның менен бир қатарда , немис тилинен 92 миллион, француз тилинен 74 миллион, итальян тилинен болса , 59 миллион адам пайдаланады.
Алты тил- инглиз, араб, испан, қытай, рус ҳәм француз тиллери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң рәсмий тили есапланады.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги