Республикамыз халқының жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, бәҳәрги егис жумысларының барысы менен танысыў ҳәм оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў бағдарында дүзилген Ташкент қаласынан келген республикалық жумысшы  топар ағзалары Қанлыкөл районында болып, пуқаралардың қыйтақ жер майданларында алып барып атырған жумыслары менен жақыннан танысты.

Соның ишинде,  Өзбекстан  фермер,  дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң бөлим баслығы Н.Мирабдуллаев, Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң  жуўапкер ўәкиллери  «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы тәжирийбели дийқан Дәрибай Сейтекеевтиң шаңарағында болды ҳәм жыйын пуқараларының қатнасыўында әмелий көргизбели семинар өткерди.

Семинарда аўыл хожалығы тараўының бир қатар тәжирийбели қәнигелери шығып сөйлеп,  дийқан шаңарағының жерден пайдаланыў дәрежеси, бәҳәрги егис жумысларының  барысы ҳәм өнип шыққан аўыл хожалығы егинлерине агротехникалық тәрбия бериў ислери ҳаққында өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди. Онда атап өтилгениндей, Қанлыкөл районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳам қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен 9225 дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң 1712,0 гектар егислик жер майданлары есапқа алынған болып, соннан, 1512 гектардан аслам жер майданына ерте бәҳәр егинлерин егиў, 230 гектардан аслам жерге  картошка, 154 гектарға  майлы егинлер, 231 гектарға палыз, 566 гектарға овощ егинлерин егиў нәзерде тутылған. Шынында да соңғы ўақытлары елимизде аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў, жер, суў ҳәм басқада тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, аз жерден мол өним жетистириў, дийқаншылық мәдениятын көтериў арқалы өнимниң сапасы ҳәм муғдарын асырыў бойынша ең алдынғы тәжирийбелер турмысымызға енгизилмекте.

Бирақ, тилекке қарсы, бул мүмкиншиликлерден барлық пуқараларымыз да толық пайдаланып атыр, деп айта алмаймыз.


Бул мүмкиншиликлерди кеңнен ен жайдырыў бойынша жумысшы топар ағзалары орынларда тийисли тәртипте үгит-нәсият жумысларын алып барып, егис жумысларын әмелге асырыўда жеңиллетилген кредит қаржылары менен тәмийинлеў, аўыл хожалығы үскенелерин сатып алыў бойынша усынысларын билдирди.


А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы