Футбол бойынша Өзбекстан У-20 командасы Аргентинада өтетуғын Жәҳән чемпионаты алдынан Уругвай менен жолдаслық ойнын өткереди. Бул ҳаққында ӨФА баспасөз хызмети мәлим етти.

Равшан Хайдаров қол астындағы команда киши мундиал алдынан Уругвай мәмлекетинде жыйын өткереди. Усы жыйын шеңберинде өзбекстанлы жас футболшылар Уругвайға қарсы жолдаслық ойынында қатнасады. Ушырасыў 13-май күни болып өтеди.

Мағлыўмат ушын, Уругвай жаслары У-20 Қубла Америка чемпионатында Бразилиядан артта қалған ҳалда екинши орынды қолға киргизген.

У-20 Жәҳән чемпионаты 20-майдан 11-июньға шекем Аргентинада болып өтеди. Өзбекстан У-20 командасы жарыстың А топарынан орын алған ҳәм Аргентина, Гватемала, Жаңа Зеландия сыяқлы командалар менен ойнайды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги