Қазақстанның Алматы қаласында бир неше мектеплерге бомба орнатылғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Соннан кейин мектеп хызметкерлери ҳәм оқыўшылар эвакуция етилди. Бул ҳаққында “Tengrinews” хабар берди.
Айтылыныўына қарағанда, полиция отряды қала орайындағы мектеплерден бирине саат 6:45 те жетип келген. Имарат қоршап алынған, барлық хызметкерлер эвакуация етилген. Мектепте қәўипсизликти тексериў азанда саат 10:00ге шекем даўам еткен. Сабақлар болса басқа ўақытқа көширилди. Мектеп директорының айтыўына қарағанда, қаладағы 29 мектепке усындай мағлыўматлар келип түскен.
Алматы полициясы бул мағлыўматты тастыйықлаған.
“Бүгин қаладағы бир неше улыўма билим бериў мектеплери миналастырылғаны ҳаққында хабар келип түсти. Қаланың Айрықша жағдайлар хызметлери бундай хабарлар бойынша дәслепки илажлар шеңберинде объектлерде үйрениў жумысларын алып бармақта. Бир неше мектеплер қашаннан берли тексерилип болынған, мағлыўматлар жалған болып шықты. Жумыс даўам етпекте”, деп айтты Алматы полициясы баспасөз хызмети хабарында.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги