Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасының шерек финаль жуўап ойыны шеңбериндеги еки ойын 19-апрель күни болып өтти.
«Бавария» өз майданында «Манчестер Сити»ди қабыл етти. Ушырасыўдың биринши бөлиминде есап ашылмады. 57-минутта Сити ойыншысы Эрлинг Ҳоланд гол урды. Оған мюнхенлилер 83-минутта Йозуа Киммихтиң пеналтиден урған голы менен жуўап қайтарды.
Италия командасы да Португалия клубын жеңе алмады. Бирақ еки ойын нәтийжесине бола Интер ярым финальға жолланманы қолға киргизди.
«Интер» (Италия) – «Бенфика» (Португалия) 3:3
Голлар: 1:0 – 14 Барелла, 1:1 – 38 Еурснес, 2:1 – 65 Мартинес, 3:1 – 78 Корреа, 3: 2 – 86 Антониу Силва, 3:3 – 90 Муса.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги