Қырғызстан парламенти депутатлары Эмил Токтошев ҳәм Камила Талиева қырғыз тилин кирилл әлипбесинен латын әлипбесине өткериўди усыныс етди.

Бул ҳаққында Қырғызстан парламенти баспасөз хызмети хабар берди.

«Тилимизди қәстерлеп сақлаў ушын латын әлипбесине өтиўимиз керек», деп айтып өтти Токтошев «Қырғызстан Республикасының мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы конституциялық нызам жойбарын додалаў барысында.

Парламент ағзаларының пикиринше, бул реформа бираз алдын әмелге асырылыўы керек болған.

Баспасөз хызметиниӊ  хабарына бола, додалаў нәтийжесинде «Қырғызстан Республикасының мәмлекет тили ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқылыўда қабылланды. Жойбар дерлик барлық жумыс алып барыўшы тараўларда ҳүжжетлер айланысында қырғыз тилинен мәжбүрий пайдаланыўды нәзерде тутады, орыс тили болса резерв ретинде қолланылады.

 

Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги