Нөкис қаласында мектеп оқыўшылары арасында миллий гүрес бойынша «Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры кубоги» ушын жарыс болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан жас спортшылар қатнасып, олар 4-7-класс ҳәм 8-11-класс оқыўшылары арасында өз-ара бөлинип беллесиўлерге түсти.
Жарыс жуўмағында, 4-7-класс оқыўшылар арасында, ер балалар арасында 36 кг салмақта әмиўдәрьялы Адҳам Юсупов, 40-46 кг да қоңыратлы Әмирхан Өсербаев ҳәм Айтбек Қошниязов, 50-55 кг да қараөзекли Бахтияр Қалмуратов, мойнақлы Ерлан Бахтығалиевлер, қызлар арасында 36 кг да нөкисли Тумарис Қосыбаев, шымбайлы Қундыз Бектурсыновалар жеңип алыўға миясар болды.
8-11-класс оқыўшылар арасында болса, 55 кг да қараөзекли Нурполат Мақсетбаев, 60 кг да әмиўдәрьялы Закиржан Балтабаев, 66 кг да шымбайлы Оразалы Дәўлетбаев, 71 кг да Әбдижаббар Искендеров, +71 кг да Ақылбек Алмашовлар 1-орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
-Бул жарысқа оннан аслам шәкиртлеримди алып келген едим. Соннан 11-класс оқыўшысы Оразалы Дәўлетбаев 66 кг салмақта, I- орынды, 36 кг салмақта 6-класс оқыўшысы Гүлзийба Матмуратова III- oрынды ийелеўге миясар болды,-дейди шымбайлы тренер Қаршыға Боранбаев.
А. Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы