“Барселона” бас тренери Хави Эрнандес Ла Лигада чампион болыўы мүмкин болған команда ҳаққында пикер билдирди.
“Мен бул барыстағы сын пикирлерди түсинбей атырман. Ла Лигада утыў әжайып. “Барселона” өз тарийхында 5 мәрте Чемпионлар лигасында жеңип шыққан. Биз бул турнирде жеңип шығыўымыз шәрт, бирақ Ла Лигада утыў бизге турақлылық береди. Чемпионлар лигасында утқаннан кейин Зидан “Реал Мадрид”тиң мақсети чемпионатта жеңиў керек екенлигин айтқанын еслеймен. Биз ерисе алатуғын нәрсемизди қәдирлеймиз. Бизиң қарсыласымыз “Реал Мадрид” жүдә күшли команда”, – дейди Хави.
“Барселона” Испания чемпионаты жуўмақланыўына шекем 11 тур қалғанында “Реал”дан 12 очко алдында бармақта.
Дәрек: dailysports.net
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги