Жаңалыққа жаны қумар, спорт пидайысы Дәўлетмурат Қалхоразовтың алға умтылыс ҳәм ҳәрекетлериниң нәтийжесинде 2014-жылы республикамызға кирип келген қылышласыў спорты усы қысқа мүддет ишинде Қарақалпақстандағы ең раўажланып баратырған спорт түрлериниң бирине айланды.

Атап айтатуғын болсақ, қарақалпақстанлы спортшылар арасынан Өзбекстан, Азия, жәҳән чемпионатларының жеңимпазлары, жазғы Олимпиада ойынларының қатнасыўшылары өсип жетилисти. Олардың бул жетискенликлерди қолға киргизиўинде Дәўирбек Жийемуратов, Руслан Султанов, Қуўаныш Жубанов, Жақсымурат Бекмуратов, Элвир Қутлымуратов, Азамат Қудияров сыяқлы тренерлердиң ислеген хызметлери айрықша болды, десек асыра силтеген болмаймыз.

Жақында ғана Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатында жеңимпазлықты қолға киргизген жас қылышпазларымыз, апрель айының басында елимизге бәҳәрдиң жағымлы самалындай жанға жағымлы хабарын алып келди. Яғный, 1-апрель сәнесинен баслап Болгарияның Пловдив қаласында өткерилип атырған кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы жас қылышпаз Наргиза Жақсыбаева  Гонконг, АҚШ, Уллыбритания, Румыния, Испания, Корея, Түркия, Япониядан келген өз қарсыласларын жеңип шығып, қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Жерлесимиздиң жәҳән чемпионатында қолға киргизген бул үлкен табысы республикамыздың кең жәмийетшилигин шексиз қуўанышқа бөледи. Оны биз Нөкис халықаралық аэропортында жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси Наргиза  Жақсыбаева ҳәм оның тренери Руслан Султановты күтип алыўға шыққан ықласбентлериниң көтериңки кеўил кейпиятынан айқын көрдик.

Күтип алыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри ўазыйпасын атқарыўшы А.Алланазаров, Өзбекстан қылышпазлық федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң бас хаткери Д.Қалхоразов, Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине қайта таярлаў орайы директоры ўазыйпасын атқарыўшы Д.Наўрызбаевлар шығып сөйлеп, елимизде спортты раўажландырыў бойынша соңғы жыллары әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм оның унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып өтип, Наргиза Жақсыбаева ҳәм оның устазлары менен жақынларын спортшымыздың ерискен үлкен табыслары менен қутлықлап, жеңимпаз ҳәм оның тренерине министрликтиң саўғаларын тапсырды.

Илажда Н.Жақсыбаева, тренер Р.Султановлар шығып сөйлеп, бул жетискенликлер менен тоқтап қалмастан, алдағы ўақытлары да халқымыздың өзлерине билдирип атырған исенимин толық ақлап, жәҳән чемпионаты ҳәм Олимпиада ойынларында жеңимпаз болыўға ўәделер берди.

-Дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинен 1300 ге шамалас спортшылар қатнасқан бул жәҳән чемпионаты мениң ушын дәслепки бириншилик болды,-дейди Наргиза Жақсыбаева.-Жарыста көплеген абырайлы мәмлекетлердиң спортшылары менен жекпе-жек беллесиўлерге түсип, онда жеңиске еристим. Әсиресе, шерек финалда япониялы спортшы менен ушырасыўым оғада қыйын өтти. Онда мен 15-14 есабында жеңип шықтым. Бирақ, ярым финалда маған азғана тәжирийбе жетиспеди ме билмедим, венгриялы қарсыласымнан жеңилип қалдым. Алдағы ўақытлары жарыста жиберилген усы кемшиликлерди сапластырыў ушын, еле де көбирек шынығып, чемпион болыўға ҳәрекет етемен. Пурсаттан пайдаланып, мениң усындай дәрежеге жетиўиме өзиниң жәрдемин берген ата-анама ҳәм тренерим Руслан аға Султановқа өзимниң рахметимди билдиремен.





Пловдив қаласында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында Ислам Абдазов, Нуркелди Турғанбаев, Муса Аймуратов, Азиз Даўлетназаров, Ниеталы Көптилеўов, Аякөз Жумамуратова, Гүлистан Пердебаева, Дилназ Мурзатаева, Бийбимәрьям Сапаровалар Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атыр. Спортшыларымызға жарыста әўметлер тилеймиз.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы