Қырғызстанның Ош ўәлаяты Қарасуў районындағы 101-мектепте 6-класстың 18 оқыўшысы әтирден зәҳәрленди. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, оқыўшылардан бири басқасынан әтирди алып, тәртипсизлик етип оны класста сеўген. Класста 43 оқыўшы болған. Олардың айырымлары үйлерине жиберилген, себеби тексериўде олардың саламатлығы қанаатландырарлы екени анықланған.

Ҳәзирги ўақытта зәҳәрлениў себебин анықлаў ушын тексериўлер белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги