18-19-апрель күнлери Вена қаласында Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң қәўендерлигинде Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша альянстың 23-конференциясы өткериледи.

Бул илаж шеңберинде тараўға байланыслы ҳәр қыйлы үгит-нәсиятлаў видео роликлери сүўретке алынып, көрсетилмекте. Үгит-нәсиятлаў ушын адам саўдасына қарсы гүресиўдиң түрли бағдарларында жетекши болған ЕҚБШға ағза 5 мәмлекет таңлап алынған.

Атап айтқанда, Өзбекстан – мәжбүрий мийнетти сапластырыў, Норвегия – жынысый эксплуатацияға қарсы гүресиў, Германия – инсан ҳуқықын керекли дәрежеде тәмийинлеў, Кипр – нәтийжели финанслық тексериў өткериў, Грузия – адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша тренинг шөлкемлестириўде үлги сыпатында көрсетилмекте.

Мәмлекетимизде мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетин сапластырыў бойынша кейинги жылларда әмелге асырылған реформа, ерисилген салмақлы жетискенликлерди есапқа алып, бул үгит-нәсиятлаў компаниясына Венадағы дипломатиялық ўәкилханасының баслығы Абат Файзуллаев та мирәт етилди ҳәм оның қатнасыўында темаға байланыслы қысқа метражлы видеоролик таярланды.

– Өзбекстан мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетиниң ҳәр қандай түрин сапластырыў, ҳәмме ушын мийнетти мүнәсип ҳошаметлеўге қаратылған реформаны әмелге асырыў ушын зәрүр сиясий күш ҳәм ресурс жыйнады, – делинеди видеороликте. – Республикада әне усы бағдарда көплеген әмелий жумыслар исленди, келешекте, соның ишинде, ЕҚБШ менен бул бағдардағы бирге ислесиў және де беккемленеди. Миллий дәрежеде адам саўдасын сапластырыў ушын қандай шешим жаратыў мүмкин екенин додалаў мақсетинде Альянстың быйылғы конференциясында қатнасың.

Бул видеоролик ЕҚБШның социаллық тармақтағы рәсмий бетлеринде айланбақта.

ӨзА