Кеше ФИФА күнлери шеңберинде футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы Саудия Арабстанында Боливия сайланды командасына қарсы жолдаслық ушырасыўын өткерди.
Ушырасыў өзбекстанлы футболшылардың белсенди ҳәрекети менен басланды ҳәм ойынның 36-минутында командамыз сәрдары Элдор Шомурадов өзине берилген имканияттан нәтийжели пайдаланып, есапты ашыўға еристи.
Екинши таймда да сайланды командамыз ағзалары бир неше қәўипли жағдайларды пайда етти. Бирақ, оннан футболшыларымыз нәтийжели пайдалана алмады. Ушырасыў жуўмақланыўы алдында боливиялы Хосе Сегредо дәрўазаман менен жекпе-жекке шығып баратырған Азиз Турғунбаевты қопаллық пенен тоқтатып қалды ҳәм қызыл картошка алып майданнан шетлетилди.
Срешко Катанес шәкиртлери ендиги жолдаслық ойынын 28-март күни Венесуэлаға қарсы өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы