Молдова парламенти көпшилик даўыс пенен конституция тексти, барлық нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерде «молдова тили» сөзин «румын тили» сөзине рәсмий түрде алмастырыў ҳаққындағы нызам жойбарын мақуллады.

Кеше Ҳүкимдарлық етиўши ҳәрекет ҳәм тилеклеслик партиясы тәрепинен усыныс етилген нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди. Бул ҳаққында мәмлекет парламентиниң баспасөз хызмети хабар берди. Соның менен бирге, коммунистлер ҳәм социалистлердиң оппозициялық фракциясы нызам жойбарына қарсы шыққан еди.

Сессия жумысында ҳүкимдар партия ҳәм ҳүкиметке қарсы плакатлар көтерди. Соған қарамастан оппозиция жойбар бойынша даўыс бериўди күн тәртибинен шығара алмады. 2013-жылы Молдова Конституциялық суды румын тилин мәмлекетлик тил, деп алыў ҳаққында қарар шығарған еди.

«Қарар жуўмақлаўшы болып есапланады ҳәм оның үстинен шағым етилиўи мүмкин емес», делинген еди. Бирақ ол орынлаўсыз қалып киятырған еди. Мәмлекетлик тил ҳаққындағы тартыслар ғәрезсизликке ерискеннен берли үзликсиз даўам етип киятырған еди.

«Ҳәммени қутлықлаймыз. Бундай қарар қабыл етиў бираз кешикти, ақыры оны қолға киргиздик», Молдова парламентиниң спикери Игорь Гросудиң сөзлеринен үзинди келтирди «NewsMaker» баспасы.

ӨзА