Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Россия ҳәм Қытай елшилерин қабыллады, деп жазбақта «Казинформ» агентлиги Ақорда баспасөз хызметине сүйенип.
Россия Федерациясы елшиси Алексей Бородавкин менен болып өткен сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшысы Президент Владимир Путинниң усы жылы Қазақстанға күтилип атырған сапары, сондай-ақ, усы жылы гүзде Қостанай ўәлаятында болып өтетуғын аймақлар аралық XIX форумының әҳмийетли екенин атап өткен.
Буннан тысқары, Қазақстан – Россия арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликтиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары да додаланғаны айтылмақта бул хабарда.
ӨзА