Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен, сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында спортты, саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў мақсетинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.

Усы мүнәсибет пенен ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылар арасында волейбол бойынша жарыс болып өтти.

Институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С.Бекчанованың басламасы менен спорт клубы ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен өткерилген жарысқа ҳәр бир факультеттен командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара күш сынасты.

Оғада қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста институттың Дене мәденияты факультети командасы 1-орынды ийеледи. 2-орын Мектепке шекемги тәлим факультети, ал 3-орын Сыртқы бөлим командаларына несип етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар, сыйлы орын ийелери ҳәм белсене қатнасқан ҳаял-қызларға диплом және байрам саўғалары тапсырылды.

Институтта Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамына арналған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги