Бүгин Ташкент қаласындағы  «Юнусобод» комплексинде  Халық аралық дзюдо федерацияси (IJF) календарынан орын алған  улыўма сыйлық муғдары 154 мың евро болған «Үлкен Дубылға»  турнири басланды.

Үш күн даўам ететуғын бул жарысқа дүньяның 49 мәлекетинен 364 спортшы қатнаспақта.

Олар 14 салмақ (7 ерлер, 7 ҳаял-қызлар) категориясында өз-ара жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.

Сондай-ақ, бул жарыста қатнасыўшыларға Париж-2024 олимпиадасы ушын жоллама бериўши рейтинг упайлары бериледи.  Бүгин ерлер 60, 66 кг, ҳаял-қызлар 48, 52 ҳәм 57 кг салмақ бойынша беллесиўлерге киристи.

Ҳәзирше дәслепки күнниң таңлап алыў басқышы өз жуўмағына жетти. Олардың арасында 66 кг салмақта татамиге шыққан Сардор Нуриллаев финалға шығыўға миясар болды ҳәм ол финалда тәжикистанлы Нурали Эмомали менен алтын медал ушын гүреске түседи.

66 кг салмақта гүреске шыққан және бир палўанымыз Муҳриддин Тиловов болса, қола медалы ушын франциялы Максим Гоберт пенен беллесиў алып барады.

Ал, 60 кг салмақта қатнасып атырған Достон Рўзиев та қола медалы ушын және бир франциялы палўан Ромарик Боуда менен гүреске түседи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы