Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы қарамағындағы спорт мектеплери хызметкерлери арасында қол тобы бойынша республика турниринде ерлер арасында Қарақалпақстан Республикасы командасы биринши орынды ийеледи.
Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары денетәрбия ҳәм спорт-саўалландырыў жумыслары басқармасы тәрепинен биргеликте өткерилген жарыста Тапшкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм бизиң республикамыздан қатнасқан командалар өз-ара беллести. Барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерискен қарақалпақстанлылар жарыс жеңимпазы болды. Жеңимпазлар кубок, Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Екинши орынды Наманган ўәлаяты, үшинши орынды Ферғана ўәлаятының командалары ийеледи.
Нөкис темир жол вокзалында жеңимпаз команданың спортшылары салтанатлы түрде күтип алынды. Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси, республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби ўәкиллери оларды қолға киргизген әжайып жеңиси менен қутлықлады.
Қызлар арасындағы жарыслар даўам етпекте. Жеңимпазлар бүгин анықланады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигининң шолыўшысы