Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Конституциялық нызам жойбарын жетилистириў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
Усы мақсетте Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Конституциялық нызам жойбарын таярлаўға жуўапкер болған Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери ҳәм Демократиялық институтлар, мәмлекетлик шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының комитетлери тәрепинен «Конституциялық өзгерислер – илимпазлар нәзеринде» атамасында илимий-әмелий конференция өткерилди.
Конференцияда Конституциялық нызам жойбарын жетилистириў бойынша әмелге асырылған жумыслар конституциялық ҳуқық тараўының илимпазлары, жас изертлеўшилер, профессор-оқытыўшылардың қатнасыўында додаланды ҳәм олардың усыныслары үйренилди.
Илаждиң кирис бөлиминде парламент төменги палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң баслығы Ш.Бафоев конституциялық реформалар бүгинги дәўир талабы екенин, Бас нызамымызға киргизилип атырған өзгернислер ҳәм қосымшалар, бәринен бурын, инсан факторына қаратылғанын атап өтти.
Конференцияда Нызамшылық палатасының Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Жаҳонгир Ширинов баянат жасап, суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислерге айрықша тоқталды:
– Жаңаланып атырған Конституциямыз жойбары үстинде жумыс алып барыўда улыўмахалықлық додалаў, жәмийетшилик, парламент ағзалары, халықаралық ҳәм сырт ел экспертлериниң қатнасыўындағы додалаўларда берилген усынысларына өз алдына итибар қаратылды. Ҳәр бир усыныс оның халықшыллығы, халық ушын артықша бюрократия келтирип шығармаўы, «Инсан қәдири ушын» деген принципке сәйкес келиўи, Конституцияның басқа да нормаларына қайшы келмеўи, өзбек мәмлекетшилигиниң тарийхый раўажланыўына, уллы ата-бабаларымыздың мәдений мийрасына ҳәм миллий қәдириятларымызға зыян жеткермеўи сыяқлы нормалар тийкарында терең анализленди. Конституциялық нызам жойбары менен дәслеп 6 статья усыныс етилген болса, ҳәзирги ўақытта 30 статья усынылмақта.
Конституциялық нызам жойбарында суд-ҳуқық тараўына байланыслы бир қатар өзгерислер ҳәм жаңалықлар өз көринисин таппақта. Соның ишинде, адвокатураға бағышланған жаңа бап киргизилмекте. Бул арқалы айыплаў ҳәм қорғаўдың түп мәнисинде теңлигин тәмийинлеўдиң беккем конституциялық тийкарлары жаратылмақта. Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге профессионал юридикалық жәрдем көрсетиў ушын адвокатура жумыс алып баратуғыны нәзерде тутылмақта. Адвокатура жумысы нызамлылық, ғәрезсизлик ҳәм өзин-өзи басқарыў принциплерине тийкарланады. Адвокатура жумысын шөлкемлестириў ҳәм оның тәртиби нызам менен белгиленеди. Адвокат өз кәсиплик ўазыйпаларын әмелге асырып атырғанда оның жумысына араласыўға жол қойылмайды. Адвокатқа өз қорғаўындағы шахс пенен тосқынлықсыз ҳәм өз алдына ушырасыў, мәсләҳәтлер бериў ушын шараятлар тәмийинленеди. Адвокат ҳәм оның кәсиплик жумысы мәмлекет қорғаўында болады, – деди Ж.Ширинов.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы